Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен бирге Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң мирәт етиўине бола 2-май күни сапар менен Берлинге келди.
«Берлин-Бранденбург» аэропортында Өзбекстан жетекшисиниң сапары мүнәсибети менен еки мәмлекет байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Уллы мәртебели мийманды Германияның рәсмий шахслары күтип алды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германияға сапары усы мәмлекет Федерал Канцлери Олаф Шольц пенен сөйлесиўлерден басланды.
Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы Германия Канцлерине шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Германияны өзиниң исенимли ҳәм стратегиялық бирге ислесиўшиси сыпатында қабыллайтуғыны, мәмлекетлеримизди терең тарийхый тамырлар байланыстырып турғаны атап өтилди. Кейинги жыллары еки тәреплеме қатнасықлар барлық бағдарларда жедел раўажланып бармақта.
Өз-ара товар алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарлар санының еки есеге артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Германиядан Өзбекстанға инвестициялар көлеми 5,5 миллиард долларға жетти, соннан 4 миллиард доллар соңғы 6 жылда тартылған.
Сапар шеңберинде өткен биргеликтеги бизнес-форум жоқары баҳаланды. Оның жуўмағында улыўма баҳасы 9 миллиард долларлық саўда, инвестициялық ҳәм технологиялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
«Жасыл энергетика», қазып шығарыў, химия, фармацевтика тармақларында, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, аўыл хожалығын санластырыў, инновация ҳәм басқа тараўлардағы кооперациялық жойбарлар усылардың қатарына киреди.
Германия компанияларының Өзбекстандағы жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «KfW», «Deutsche Bank» банклери ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети менен кең көлемли шерикликти раўажландырыўға келисип алынды.
Германия ҳүкимети Өзбекстанның ЖСШға қосылыўын ҳәм Европа Аўқамы менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге имканы барынша тез қол қойыўын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги билдирилди.
Сиясий қарым-қатнасты даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Тәреплер сапар ўақтында Көп тәреплемели бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳаққында Ҳүкиметлер аралық декларацияға қол қойылыўын алғыслады.
Олаф Шольц Өзбекстанның Орта Азияда дослық ҳәм өз-ара исеним орталығын жаратыў, интеграцияны тереңлестириў бойынша жаңа регионаллық сиясатын қоллап-қуўатлады.
«Германия-Орайлық Азия» форматында қарым-қатнас майданын иске қосыўға келисип алынды.
Регионда, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайды есапқа алған ҳалда қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Бул мәмлекет ушын гуманитарлық жойбарларды даўам еттириў, соның ишинде, Термиздеги логистика комплекси ҳәм Аўған жаслары ушын билимлендириў орайының имканиятларынан пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Тәреплер Орайлық Азияны Европа менен байланыстыратуғын нәтийжели жөнелисти қәлиплестириўге хызмет етиўши Транскаспий жолын биргеликте раўажландырыў бойынша бирдей пикир билдирди.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң күн тәртибиниң бай екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Германия тәрепи усы күнлери Берлин қаласында Өзбекстанның мәдений мийрасына бағышлап ашылып атырған бийбаҳа көргизбени жоқары баҳалады.
Өзбекстанда немис тилин үйрениўге қызығыўшылық артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Германия ҳүкимети мәмлекетимиз аймақларында немис тилин оқытыўды кеңейтиўге техникалық жәрдем көрсетиўи ҳаққында келисип алынды.
Улыўма, сапар шеңберинде экономика, саўда, қаржы, билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўларында 16 ҳүкиметлер аралық ҳәм уйымлар аралық ҳүжжетлерге қол қойылды.
Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцты сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Германияға сапары даўам етпекте.