Республикамыз аймағында ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған «Медиа-тур» ҳәм «Баспасөз конференция»сы болып өтти
Республикамыз аймағында ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған «Медиа-тур» ҳәм «Баспасөз конференция»сы болып өтти
962
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 2022-жыл жуўмағы ҳәм 2023-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслары бойынша Медиа-тур шөлкемлестирилди. Онда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер қатнасты. Дәслеп қатнасыўшылар Нөкис суў тазалаў объектине барды ҳәм усы жерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары менен танысты.
Бүгинги күнде Нөкис суў тазалаў объектинде 2-басқышта реконструкциялаў жумыслары алып барылып атырған болып, объектти толық реконструкциялаў ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрь күнги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының экономикалық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-465-санлы қарарына муўапық 74,9 млрд. сум қаржы ажыратылған. Жойбар шеңберинде қурылыс жумыслары толық жуўмақланғаннан соң объект қуўатлылығы суткасына 65 мың м3 тан 95 мың м3 қа жеткерилиўи режелестирилмекте. Нөкис суў тазалаў объектинде ишимлик суўы 3 басқышлы тазалаўдан өткериледи. Яғный, бунда «Тындырыў», «Филтрлеў» ҳәм «Зыянсызландырыў» басқышларында тазаланған ҳәм зыянсызландырылған суў насос объектлери арқалы тутыныўшыларға жеткерип бериледи.
Буннан соң, «Медиа-тур» қатнасыўшылары Нөкис суў тазалаў объектиндеги лабаратория жумыслары менен жақыннан танысты. Бул жерде тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, тутыныўға усынылып атырған суўдың сапасын тексериў жумысларын көзден өткерди. «Медиа-тур» даўамында Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ жанындағы Хиймиялық-бактериологиялық лабораторияның жумыс алып барыўы процеси менен жақыннан танысты.
Жеткерип берилип атырған ишимлик суўы сапасы жамийетке қараслы орайлық химиялық-бактериологиялық лаборатория тәрепинен гигиеналық талаплар хәм сапасын қадағалаў нормаларына муўапықлығын 26 түрдеги химиялық-бактериологиялық анализлер тийкарында тексерип барылады. Буннан тысқары, 19 аймақлық химиялық-бактериологиялық лабораториялар да жумыс алып барып атырған болып, лабораториялар заманагой әспаб-үскенелер менен тәмийинленген.
Халықты сапалы ишимлик суў менен тәмийинлеўде санитар-гигиениалық тәрептен қадағалаўды еле де жақсылаў мақсетинде Мәмлекетлик арнаўлы бағдарламалар шеӊберинде өткен жыллар даўамында Шымбай, Бозатаў районларында тазадан лаборатория қурылып, Кегейли, Хожели, Тахтакөпир районларындағы лабораторияларда реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Усы жумыслар тийкарында 71 түрдеги әсбап-үскенелер хәм өлшеў ыдыслары менен тәмийинленген. Буннан соң, ҒХҚ ўәкиллери, журналист, блогерлер ҳәм «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ басшылары, тийисли тараў ўәкиллери қатнасыўында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Онда бүгинги күнде халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, мәмлекетлик бағдарламалар бойынша алып барылып атырған жаңаланыўлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы халқының ишимлик суўы менен тǝмийинленгенлик дǝрежеси 70,5%ти қурайды. Быйылғы жылы республика турғынларының ишимлик суў тǝмийинатын еле де жақсылаў мақсетинде улыўма жойбар бахасы 211,8 млрд. сум қаржылар тийкарында жǝми узынлығы 383,8 км ишимлик ҳǝм ақаба суў тармақлары ҳǝмде 24 дана суў объектлеринде қурылыс-монтаж жумыслары ǝмелге асырылмақта. Халқымызға сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў мақсетинде халықаралық финанс институтлары қатнасыўында да бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 9-апрель күнги ПҚ-4271 санлы қарары тийкарында “Өзбекстанныӊ батыс аймағында ишимлик суў тәмийнатын раўажландырыў” жойбары бойынша бир қатар жумыслар орынланып атыр. Жойбар тийкарында “Түйемойын” суў тазалаў объектин (қуўатлылығы суткасына 140,0 мың м3), “Тақыятас” суў тазалаў объектин реконструкциялаў (қуўатлылығы суткасына 120,0 мың м3) ҳǝм “Манғыт” суў тазалаў объектин жаңадан қурыў (қуўатлылығы суткасына 40,0 мың м3) жумыслары ҳǝмде Республикамыздың 6 районында (Әмиўдарья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳǝм Нөкис районлары) узынлығы 1236 км ишимлик суў тармақлары менен 26 дана ишимлик суў объектлерин қурыў ҳәмде реконструкциялаў жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген. Бул жумыслар ǝмелге асырылыўы нǝтийжесинде усы жыл жуўмағы менен аймақларда жасаўшы 75,5 мың турғынлар қосымша ишимлик суўы менен тǝмийинленип, 138,6 мың турғынлардың суў тǝмийнаты жақсыланыўы ҳǝмде республиканың суў менен тǝмийинленгенлик дǝрежеси 74,3 % ке жеткерилиўи күтилмекте. Баспасөз конференциясы даўамында журналист ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети