«Айт сен Аязийдиң қосықларынан» атамасындағы салтанаты кешеси болып өтти
«Айт сен Аязийдиң қосықларынан» атамасындағы салтанаты кешеси болып өтти
1542
Усы жылдың 5-май күни Бердақ атындағы Қаракалпақ мəмлекетлик музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни мүнәсибети менен, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының көркем өнер ғайраткери, «Меҳнат шухрати» ҳәм «Эл юрт ҳурмати» орденлериниң ийеси, Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Нажиматдин Мухаммеддиновтың «Айт сен Аязийдиң қосықларынан» атамасындағы салтанаты кешеси болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 94 жыл толыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Ҳәммемизге белгили, Ҳүрметли Президентимиз қарақалпақ əдебияты менен мəдениятына ҳəмийше жоқары ҳүрмет пенен қарап, оны жəне де раўажландырыў мəселесине айрықша итибар қаратып келмекте.
Әсиресе Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен билдирилген:
- «мен Жолмырза Аймурзаев, Хожабек Сейтов, Тилеўберген Жумамуратов, Турдымурат Нажимов, Садық Нурымбетов, Аббаз Дабылов, кейин ала «Өзбекстан Қаҳарманы» деген жоқары атаққа миясар болған:
- Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов сыяқлы үлкен шайыр ҳəм жазыўшылардың дөретпелери менен танысып, қарақалпақ халқының үрп-əдет ҳəм қəдириятлары, дəрт ҳəм əрманлары, арзыў-нийетлери туўралы бай түсиникке ийе болғанман» деген пикирлер халқымыз тарийхына ҳəм дөретиўшилигине деген жоқары баҳа деп ойлаймыз.
Себеби, халқымыздыӊ сүйикли шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ “Жолдас муғаллим”, “Тумарис”, “Актрисаныӊ ығбалы”, “Дала әрманлары”, “Қырық қыз”, “Өмир – саған ашықпан” сыяқлы көплеген шығармалары халқымызға руўхый азық бағышлап келмекте.
Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдармаланды.
Сон-ай-ақ, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.
Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы барқулла ардақланып, еске алынып келинбекте.
Шайыр Ибрайым Юсуповтың қосық қатарларын халқымыз ядтан билиўи менен бирге, оның қосықларына жазылған намалар кеўиллерге өзгеше заўық бағышлайды.
Усылар қатарында Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Нажимаддин Мухаммеддиновтың орны айрықша саналады. Әсиресе, бул еки дөретиўши инсан тəрепинен жаратылған Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик Гимни, сондай-ақ, «Кеўил кеўилден суў ишер», «Мустақыллық гүллери», «Жəне жəйҳун болып ақтың да келдиң», «Муң қалмас» сыяқлы қосықлар кеўиллерде миллий мақтаныш сезимлерин оятады.
Бүгинги өткерилген концерт бағдарламасында шайыр қәлеминен дөреген қосықлар намаға салынып, оның өлмес мийрасына және бир мәрте ҳүрмет көрсетилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети