Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Түркия мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Түркия мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады
811
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Түркия мәмлекетинен келген инвесторды қабыллады
Түркия мәмлекетиниң Артук кесип алып ислеўши энергетика инженерлиги қурылыс ҳәм сыртқы саўда ЖШЖ директоры Хайдар Дердичок ҳәм қаржылық жуўапкери Тамер Акбаир бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Сондай-ақ, Елликқала районы ҳәкими С.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри А. Қурбанбаев, Өзбекстан Республикасы орайлық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы А. Тилеўмуратов, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеуовлар қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда Елликқала районы Бостан қаласында жаңадан пуқаралар жасаўы ушын киши қала қурылысы жойбарын әмелге асырыў ҳаққында сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, инвесторлар тәрепинен усынылып атырған жойбарда көп қабатлы турақ жайлардан ибарат жаңа, инфраструктура менен тәмийинленген киши қала қурыў белгиленген болып, онда бир қатар социаллық объектлер қурылысын әмелге асырыў ҳәм алдағы ўақытта Туркия тәжирийбеси тийкарында көп қабатлы турақ жайлар массивлерин тиклеў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, усы бағдарда бир қатар мәселелер қарап шығылды. Соның менен бирге еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге келиў мәселеси талқыланды.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде жаңадан қурылыс баслап, аймақлардың инфраструктурасы ҳәм қала көринисин жақсылаў, ең баслысы пуқараларымызға сапалы хызмет етиўши объектлердиң қурылыўы барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди. Сондай-ақ, инвестициялық жаңа жойбарлары менен келген инвесторлардың ҳәр қандай басламасына барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғынлығын атап өтти.
Буннан соң инвесторлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен ушырасты.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри А.Өтеўлиев қатнасты ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында мәселелер әтирапында пикирлесилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети