Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына елимиз басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мекеме шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети