Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы қала ҳәм район ҳәкимлери, исбилерменлик, инновациялар бойынша жуўапкерлерден ибарат делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятында болып турыпты.
Делегацияның гезектеги сапар объекти Наманган қаласындағы «Баркамал әўлад» киши санаат зонасы болды.
Усы киши санаат зонасындағы дерлик 10 гектар майдандағы 46 жойбар, исбилерменлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, ислеп шығарылыўы жолға қойылған өнимлер менен жақыннан танысылды. Киши санаат зонасындағы “Мастер класс”, “Сифат ёғоч” ҳәмде “Баланс текс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыслары делегация ағзаларында унамлы тәсир қалдырды.
Ҳәзирги ўақытта киши санаат зонасында 18 жойбар өз жумысын баслаған. Соннан, "Sifat yogʻoch" ЖШЖде 100 ге жақын жигит-қызлар мийнет етпекте. Жумысшылар саны 150 ге жеткерилген болып, кәрхана толық қуўатлықта жумыс ислеп баслағаннан соң 31 млрд. сумлық мебель өнимлери ислеп шығарылады.
Ҳәзирги ўақытта Наманган ўәлаятында 62-Халықаралық Гүллер фестивалына таярлықлар қызғын түрде алып барылып атыр. Ўәлаят орайынан баслап, орайлық көшелер, дем алыў бағлары ҳәм қала майданлары гүллер ҳәм ҳәр қыйлы композициялар менен безетилмекте.
Әмелий сапар даўамында делегация ағзалары мәденият ҳәм дем алыў бағында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Быйылғы фестивалға таярлық көриў алдынан Бабур бағы, Әпсаналар алабы тематикалық парки ҳәмде қаланың көшелери ҳәм кеўил ашар орынларына 30 миллион дана гүл егиў жумыслары алып барылмақта. 300 түрдеги гүллерден ибарат жүзлеген композицияларды жаратыў бойынша гүлши дизайнерлер мийнет етип атырғанлығы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм ўәлаят ҳәкими Ш.Абдуразаков пенен бирге делегация ағзалары гезектеги «Даштбоғ» киши санаат зонасындағы кәрханаларда алып барылып атырған жумысларды барып көрди.
Дерлик 4 гектар майданда улыўма баҳасы 118,7 млрд. сумлық, соннан, 103,7 млрд. сум өз басламасы менен қаржы киргизген исбилерменлердиң үлеси ҳәм 15 млрд. сум банк кредитлери қаржылары менен жәми 22 жойбар иске түсирилген.
Киши санаат зонасында жылына 56,2 млрд. сумлық өнимлер ислеп шығарылыўы жолға қойылған ҳәмде 2,2 млн. доллар муғдарында экспорт әмелге асырылмақта. Нәтийжеде 3 200 жаңа жумыс орынлары жаратылған ҳәм ислеп шығарыў көлеми арттырылған.
Делегация ағзалараның Наманган ўәлаятына болған сапары даўамында Давлатобод районындағы — «Жаңа Өзбекстан — жаслар зия мәсканы» жумыслары көзден өткерилди.
Наманган ўәлаятының ең көркем имаратларының бири есапланған усы дәргайда бир ўақыттың өзинде 500 китапқумарға хызмет көрсетиледи. Түрли тематикалардағы ҳәр қыйлы китаплар, оқыў заллары, компютер хызмети, Китапқумар балажан – пикирлесиў майданы, book kafe, IT Park ҳәм санлы китапхана күни-түн хызмет етпекте.
Жаслардың руўхый дүньясын байытыў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўға хызмет етиўши "Жаңа Өзбекстан — жаслар зия мәсканы " тек ғана Наманган жаслары ушын емес, пүткил республика жаслары ушын да хызмет ететуғынлығы ўәлаят басшысы тәрепинен атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети