Әмелий сапар даўамында делегация ағзалары Давлатобод районындағы «Фазман» ЖШЖ жойбары менен жақыннан танысты.
Бул жерде Германия ҳәм Туркия мәмлекетлеринен алып келинген үскенелер жәрдеминде танымалы бренд астында кийим-кеншек ислеп шығарылмақта.
10 гектар майданда жумыс баслаўшы жойбардың улыўма баҳасы 100 млрд. сумды қурайды. Кәрхана жылына 1 млн. дана таяр өним ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болады ҳәм жыллық экспорт көлеми 15 млн. доллар болыўы күтилмекте. Усы тийкарда 3000 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы күтилмекте.
Буннан соң усы райондағы «Юксалиш киши санаат зонасы жайласқан "Флат тиле" ЖШЖ, "Ботир Муҳаммадали" ЖШЖ, "Сантех дизайн" ЖШЖ кәрханалары жумыслары көзден өткерилди.
Улыўма жер майданы 9,4 гектар болған жойбардың тийкарғы жумысы керамик кафели ислеп шығарыў менен байланыслы. Технология ҳәм үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келинген ҳәм 120 жумыс орны жаратылған.
Сапар даўамында делегация ағзалары «Жаңа Наманган» киши қаласы қурылысы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Киши қаланың 1 мың 203 гектар майданында 750 ден артық 9-16 этажлы турақ жай комплекси, 100 ден артық саўда орайлары, мектеп, жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа да бир қатар социаллық объектлер қурылыўы белгиленген. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң 200 мыңнан артық халық ушын барлық инфраструктураға ийе болған заманагөй қалаша көринисине ийе болады. Сондай-ақ, 68 гектар майданға «Жаңа Өзбекстан» бағы да шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Давлатобод районындағы мәҳәллебай ислесиў системасы бойынша әмелдеги жумысларды көрди.
Шамил Ишмаковтың шаңарағында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша бирғана үй мысалында балықшылық, қусшылық, пал ҳәррешилик, қояншылық ҳәм нәл жетистириў ҳәм оларға хызмет көрсетиў жумысларының жолға қойылған.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27.01.2022-жылдағы ПҚ-104-санлы қарары тийкарында райондағы бир қатар көшелерде шөлкемлестирилип атырған саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў жөнелислерине қәнигелестирилген арнаўлы көшелер жумыслары менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети