Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Уллы Британияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисин қабыллады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Уллы Британияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисин қабыллады
1213
Бүгин Уллы Британияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тим Торлоу Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Қабыллаўда Уллы Британия ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы сиясий, саўда, экономикалық, мәдений, гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы өз-ара бирге ислесиўлер нәтийжесинде бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы менен де бирге ислесиўлер жолға қойылғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған жумыслар, кең көлемли реформалар, Қарақалпақстан халқы турмысын жақсылаў бағдарындағы орынланып атырған әмелий ўазыйпалар, усылар менен бирге, Аралбойы аймағының социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, аймақта жасаўшы пуқаралардың денсаўлығын беккемлеў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли жөнелислер бойынша салмақлы жумыслар ҳәм турмыслық реформалар әмелге асырылып атырғанлығы сөз етилди.
Соның менен бирге, биргеликте әмелге асырылып атырған жумысларды буннан-былай да раўажландырыў бағдарында әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Өз нәўбетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мийманлардың келиўинен миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети