Кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы бир қатар мәселелер сын көз қараста талқыланды
1620
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик активлерден натийжели пайдаланыўды жолға қойыў сыяқлы бир қатар мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде республикамыз аймағында кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссыз пуқаралар, жаслар, ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, усы жөнелисте моно орайлар ис-ҳәрекетин жеделлестириў мәселелери қарап шығылды. Атап өтилгениндей, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында қала ҳәм районларда өткерилген мәжилислерде белгилеп берилген ўазыйпалар шенберинде шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў бағдарламасы тийкарында усы күнге шекем Республика бойынша белгиленген кредитлердиң тек ғана 32,7 проценти өзлестирилген. Усы тийкарда машқалалы кредит муғдары жыл басына салыстырғанда 9,2 млрд. сумға өскен. Реже-графиклер тийкарында январь-май айларына киши бизнес субъектлерин ашыў бойынша белгиленген режеге салыстырғанда бүгинги күнге 813 субъект ашылмаған. Президент қарары менен 2022-2024 жылларда жумысты үйде бөлип алып ислеў бойынша жәми 52 микро-орайды шөлкемлестирилиў белгиленген болып, быйылғы жылдың март айында ашылыўы белгиленген 4 микро-орай ашылмаған.
2022-жылдың 4-шереги ҳәм 2023-жылдың 1-шерегинде ҳәр бир басшы тәрепинен киши жойбарларды иске түсириў бойынша берилген тапсырма тийкарында бүгинги күнде улыўма баҳасы 691,1 млрд. сумлық 832 жойбар иске түсирилди ҳәм 5 780 жумыс орны жаратылды. Бирақ, бүгинги күнде 110,4 млрд. сумлық 39 проект иске түспеген, нәтийжеде режедеги 447 жумыс орны жаратылмаған. 2023-жыл январ-апрель айлары даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў параметрлериниң орынланыўы бүгинги күн талабына жуўап бермейди. Сондай-ақ, мәжилис даўамында жер менен байланыслы нызамбузыўшылық жағдайларын анықлаў ҳәм оның алдын алыў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Ҳәзирги ўақытта бос турған ҳәм қосымша жәми 114 мәмлекетлик активлерди сатыў белгиленген болса да, бүгинги күнге шекем 88 объект сатылмаған. Ең көп Қоңырат районында 20 объект сатылыўы тәмийинленбеген. Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм район бөлимлери тәрепинен 2023 жылдың өткен 4 айы даўамында аймақларда өткерилген жер кадағалаў жумысларында 399 жағдайда 431,2 гектар жер майданлары өзбасымшалық пенен ийелеў ҳалатлары анықланып, ҳәзирги ўақытта бул нызамбузыўшылық жағдайлары сапластырылмақта. Қарақалпақстан Республикасы бойынша жыл басынан берли юридикалық ҳүжжети болса да мәмлекетлик дизимнен өтпеген жәми 31 мың 496 көшпес мүлк объекти болған болса, соннан ҳәзирги күнге шекем 4 мың 776 объект мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Республикамызда 15.05.2023-жыл ҳалатына 26 мың 720 дана көшпес мүлк объекти мәмлекетлик дизимнен өтпестен қалмақта.
Өткерилген мәжисте усы сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер талқыланды. Сондай-ақ, өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығына Министрлер Кеңесиниӊ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм Кегейли районы ҳәкимин интизамый жазаға тартыў бойынша тийисли усыныс бериў тапсырылды.
Министрлер Кеңесиниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секретарияты баслығы, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Хожели районлары ҳәкимлериниң финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарларына интизамый жаза шарасы қолланылды. Соның менен бирге, Әмиўдəрья районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы интизамый жазаға тартылды. Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық район ҳәкимлериниң усы лаўазымлардағы орынбасарларына интизамый жаза қоллаў мәселесин көрип шығып, усыныс билдириў Министрлер Кеңесиниң Баслығына тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети