Интенсив усылда балық жетистириўге арналған әмелий семинар болып өтти
Бүгин Төрткүл районы “Кўна Тўрткўл” аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Супер балықлар»фермер хожалығында Президентимиздиң ПҚ-83-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен «Интенсив усылда балық жетистириўди шөлкемлестириў» бойынша әмелий семинар болып өтти.
Семинарда республикамыздың барлық районларындағы балықшылық тараўында жумыс алып барып атырған фермер хожалықлары ҳәм кәрханалар басшылары, тийисли тараў ўәкиллери, балықшылық тараўына қызығыўшылығы бар исбилерменлер қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасып, елимизде интенсив усылда балық жетистириўди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша кең түрде атап өтти.




Ҳәзирги ўақытта балықшылыққа қәнигелескен бул фермер хожалығында 250 гектар жасалма суў ҳәўизи бар болып, айрықша 10 түрге жақын, 300 тонна балық жетистирилип берилмекте. Жергиликли жумыссыз 30 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, және 120 тонна шабақ, 130 млн. личинка жетистирилмекте.
Семинар қатнасыўшылары дәслеп хожалықтың инкубация цехи менен танысты. Цехта балықты көбейтиў ушын өз алдына бағылып атырған ана балықлар, ата балықларды өсириў, личинкаларды раўажландырыў ушын арнаўлы үскенелер бар болып, қәнигелер тәрепинен барлық процеслер бойынша мағлыўмат берилди.







Сондай-ақ, фермер хожалығында бар болған жерлерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Калифорния жаўын қуртын жетистириў де жолға қойылған. Бүгинги күнде жаўын қурты арқалы дийқаншылық ушын тәбийий минералларға бай биогумус алынады.
Сондай-ақ, көргизбели семинарда илимий хызметкерлер тәрепинен балықшылық тараўын раўажландырыўда пайдалы ҳәм арзан дафния сыяқлы бир клеткалы өсимликлерди жетистириў арқалы балық ушын ҳәм азықлық ҳәм кислород ислеп шығарылыўы ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Семинар даўамында болып өткен жыйналыста республикамыз аймағындағы имканиятлардан пайдаланып, балықшылықты раўаландырыў ушын жетерли мүмкишилик бар екенлиги, тараўды раўажландырыў жумыссыз пуқаралар ушын дәрамат дереги болыўы, базарларымыздың расталарын балық өнимлери менен толтырыўдың пайдасы көп екенлиги тараў қәнигелери тәрепинен атап өтилди.
Семинар жуўмағында қатнасыўшылар тараў маманларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.








Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети