Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўи, экспорт прогнозының орынланыўы, сырт ел инвестицияларын тартыў, ири жойбарларды иске түсириў ҳәм санаат зоналары бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда экономиканы раўажландырыў ҳәм инвестициялық жойбарлар менен байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.
Өткерилген мәжилисте быйылғы жылы 1076 инвестициялық жойбарларды иске түсириў режелестирилгени, бул жойбарларға сектор басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлериниң барлық орынбасарлары, коммерциялық банклер ҳәмде тараў басшылары бириктирилип, қадағалап барыў тапсырылғанлығы, бирақ, бүгинги күнде иске түсирилген жойбарлар саны қанаатландырарлы дәрежеде емеслиги, яғный, жыллық реже кем орынланғаны сынға алынды.
Сондай-ақ, экспорт режеси белгиленген прогнозға салыстырғанда 2 есеге көбейтилип, 300 млн долларға жеткериў режелестирилгенлиги, бирақ, өткен январь-май айлары режесине салыстырғанда жәми күтилгениндей өнимлер экспорты әмелге асырылмағанлығы атап өтилди.
Алдынғы өткерилген мәжилислерде сектор басшылары ҳәм ҳәким орынбасарларының ҳәр бирине кеминде жаңадан бир экспортёр кәрханаларды жаратыў тапсырмасы берилген еди.
Усы тапсырма тийкарында бул жуўапкерлер басшылығында 175 кәрхана тәрепинен өнимлер экспортын әмелге асырыў режелестирилген. Бирақ, тек ғана 14 кәрхана, яғный, 8 проценти бул жумысларды жолға қойған.
Буннан тысқары, быйылғы жылы жәми 80,1 млн доллар тиккелей сырт ел инвестиция ҳәм кредитлерин өзлестириў реже етип белгиленген болса, соннан, бүгинги күнге шекемги режеге тийкар 7 млн 90 мың доллар тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилип, январь-апрель айлары прогнозы 101 процентке орынланған. Кегейли ҳәм Қоңырат районларында болса усы күнге шекем бирде бир инвестициялық қаржылар өзлестирилмеген.
Усы жылдың өзинде 12 ири жойбарларды иске түсириў арқалы 1370 жумыс орынларын жаратыў белгиленген болыўына қарамай, айырым орынларда артта қалыўшылық жағдайлары ушыраспақта.
Быйылғы жылы санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 21 трлн.сумға жеткериў ҳәмде өсим темпын 114 процентке жеткериў реже етип алынды. Деген менен, дизимнен өткен 4403 санаат кәрханаларынан бүгинги күнде 1055 санаат кәрханалары, яғный 24 проценти ҳәрекетсиз қалмақта.
Мәжилис даўамында қала ҳәм районлардағы киши санаат зоналары, жаслар санаат зоналары, сондай-ақ, еркин экономикалық зоналар жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў де айырым басшылардың итибарсызлығы себепли талап дәрежесинде орынланбастан қалып атырғанлығы атап өтилди.
Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын:
Төрткүл районы ҳәкиминиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы;
АК Халық банки Төрткүл районы бөлими баслығы;
Төрткүл районы Мәмлекетлик Салық инспекциясы;
Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары интизамый жазаға тартылды.
Өткерилген мәжилис жуўмағында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети