Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты
964
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде бизнес орталығын жақсылаў, исбилерменликти ҳәм ислеп шығарыўды раўажландырыў бағдарында усынысларды тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.
Онда бир қатар исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары, тийисли тараў ўәкиллери, коммерциалық банк басшылары қатнасты.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, республикамыз аймағында исбилерменлик субъектлери жумысларын еле де раўажландырыў, олардың еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў ҳәм басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бар болған системалы машқалаларды сапластырыў илажларын көриў бойынша ҳәр қандай пикир-усыныслар тыңланатуғынлығы ҳәм шешимин табыў бойынша тийисли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыў даўамында исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли, әлбетте, қоллап-қуўатланыўы тийис мәселелер көтерилди.
Бул бағдарда банк кредитлери менен байланыслы мәселелер, өнимлерди экспортқа бағдарлаўды кеңейтиў, логистика жөнелисин раўажландырыў сыяқлы машқалалар атап өтилди.
Мәселен, Нөкис қаласы “Мебель орайы” ЖШЖ баслығы экспорт-импорт қылыў тәртиплери ҳаққындағы түсиниклерди исбилерменлерге күнделикли түрде жеткерип барылыўы, инвесторларға итибар қаратыў, олар ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанынан Исеним телефонлары шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирди.
Сондай-ақ, “Камолот текстил” ЖШЖ баслығы 0 баҳада балансқа алынған имаратын меншиклестириў мәселесиндеги, сондай-ақ көплеген қала ҳәм район аймағында жумыс алып барып атырған исбилерменлердиӊ банк кредитлери ажыратылыў тәртиби, гиреўсиз ҳәмде узақ мүддетке ажыратылыўын жәнеде әпиўайластырыў бойынша усыныс билдирди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ислеп шығарыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын еле де жақсылаў бойынша әмелге асырылыўы тийис илажлардың барлығы көрилетуғынлығы, ҳәр бир усыныс итибардан шетте қалмайтуғынлығын билдирди.
Ушырасыў даўамында тараў басшыларына билдирилген усынысларды үйренип шығыў ҳәм тийисли тәртипте шешимин табыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети