Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты
1158
Бүгинги күнде елимизде жасларды озық ойлы, жоқары билимли, физикалық жақтан шыныққан ҳәм руўхый жетик инсан етип тәрбиялаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, барлық бағдарларда олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атыр. Президентимиз басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен екинши мәрте ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды. Атап айтқанда, денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем көрсетиў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди. Сол орынның өзинде бир неше жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын тигиў машиналары, сантехника буйымлары, кепсерлеў үскенелери жыйнағы менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша арнаўлы курсларда оқытыў белгилеп алынды. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшылары менен бирге арнаўлы “Жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта шешим табыў мәселесинде тапсырмалар берди. Ашық-айдын жақыннан пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар өзлеринин пикирлерин емин-еркин билдирди. Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети