Медицина тараўы хызметкерлери ушын концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди
Медицина тараўы хызметкерлери ушын концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди
824
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен барлық Медицина тараўы хызметкерлериниң мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы болып өтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, халқымызға медициналық хызмет көрсетиў, пуқаралардың саламатлығын беккемлеў, саламат әўладты камалға келтириў бағдарында тараў пидайыларының хызметлери жоқары екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, наўқаслығы бар пуқаралардың денсаўлығын беккемлеў, саламат ана ҳәм бала идеясы тийкарында аналар ҳәм балалардың денсаўлығына айрықша кеўил бөлиў, ертеңги келешегимиз болған жаслардың саламат болып камалға келиўин тәмийинлеў бағдарында медицина тараўының барлық буўынларының атқаратуғын хызмети айрықша.
Өткерилген концерт бағдарламасында усындай ийгиликли жумысларды инабатлы атқарып киятырған бир қатар тараў хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Миннетдаршылық хаты ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.
Өткерилген илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери қатнасыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети