Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Германия Федератив Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты
871
Бүгин Германия Федератив Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тило Клиннер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пенен ушырасты.
Ушырасыўда Германия Федератив Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы өз-ара бирге ислесиўлер нәтийжесинде бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы менен де бирге ислесиўлер жолға қойылғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз басшылығында бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған жумыслар, кең көлемли реформалар, Қарақалпақстан халқы турмысын жақсылаў бағдарындағы орынланып атырған әмелий ўазыйпалар, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ҳәм усы сыяқлы әҳмийетли жөнелислер бойынша салмақлы жумыслар ҳәм турмыслық реформалар әмелге асырылып атырғанлығы ҳаққында атап өтти.
Соның менен бирге, Германия мәмлекетиниң қатнасыўындағы жойбарлар тийкарында Қарақалпақстанда да салмақлы жумыслар әмелге асырылғанлығы айрықша тилге алынды.
Ушырасыўда Германия мәмлекети ҳәм Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы менен социаллық-экономикалық, сондай-ақ, мәдений байланысларды еле де беккемлеў ҳәм раўажландырыў мәселелери сөз етилди.
Усы тийкарда республикамыздағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар менен кеңнен таныстырып өтилди.
Елши тәрепинен елимизде бир қатар жойбарларды иске түсириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Өз нәўбетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли мийманның республикамызға болған сапарынан миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети