Билимлендириў, илим изертлеў ҳәм инновациялар мәселелерине додаланды
Билимлендириў, илим изертлеў ҳәм инновациялар мәселелерине додаланды
1463
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев билимлендириў, илим изертлеў ҳәм инновациялар мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Сонғы жыллары мәмлекетимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, мектепке шекемги, мектеп билимлендириўи тараўын қоллап-қуўатлаў, жоқары мағлыўматлы маман қәнигелерди жетилистирип шығарыў, тараўға инновациялық идеяларды кеңнен тартыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.
Мәмлекетимиз тәрепинен усыншама итибар ҳәм ғамқорлық көрсетилип атырған болса да, тараўды раўажландырыў бағдарында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар көп ҳәм бул бағдарда орынларда айырым қәте-кемшиликлерге жол қойылыўы жағдайлары ушырасып атыр. Өткерилген мәжилисте тараўлардағы бир қатар кемшиликлер сынға алынды.
Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў тараўында алып барылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.
Бүгинги күнде балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежеси айырым районларда төмен дәрежеде. Буннан тысқары, балалар бақшаларындағы педагог-кадрлардың жоқары мағлыўматқа ийе емеслиги жағдайлары да ушырасып атыр.
Мектеп билимлендириўи бағдарында 2022-жыл август-декабрь айларында өткерилген улыўма билим бериў мектеплериндеги педагог кадрлар аттестациясы жуўмағында қәниге категорияларына ийе болмаған педагоглар үлеси бойынша еӊ төмен көрсеткиш Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Мойнақ районларына туўра келмекте. Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплеринде балаларға тәлим-тәрбия берип атырған педагоглардан категорияға ийе болыў дәрежеси, жоқарыдағылар менен бир қатарда, бүгинги күнде мектеплердеги шет тили пәни муғаллимлеринен миллий ҳәм халық аралық сертификатқа ийе болыўы мәселеси де талап дәрежесинде орынланбастан қалмақта.
Буннан тысқары, оқыўшы жаслар арасында жынаятшылық, ҳуқықбузарлық жағдайларының жүз бериўи де көбейген. Атап айтқанда, усы жылдыӊ өткен 4 айы даўамында жас өспиримлер тәрепинен 15 жынаят жүз берип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 6 жынаятқа көбейген.
Халық билимлендириўи тараўы хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыў бойынша Беруний, Тахтакөпир, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында белгиленген реже орынланбаған ҳәм педогог-кадрлар оқытылыўы толық тәмийинленбеген.
Бүгинги күнде орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынларынан 116 оқытыўшы тәжирийбесин арттырыў курсларынан өтпеген.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен илимди раўажландырыў, илимпазларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими илимпазлары өзлерине жүклетилген ўазыйпаларды толық әмелге асыра алмай атыр.
Мәжилис даўамында жоқары оқыў орынларындағы баслы машқалалардан бири - бул студентлердиң жатақхана менен тәмийинлениў дәрежеси екенлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында 2023-жылда мәмлекетлик жеке-меншик шериклик тийкарында жоқары оқыў орынларында 7 жатақхана қурылыўы белгиленгени атап өтилди. Усыған қарамай, бүгинги күнге шекем тек ғана 2 жоқары оқыў орнында ғана қурылыс жумыслары басланып, қалған орынларда бул жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмегени сынға алынды.
Өткерилген мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырма берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети