Жоқарғы Кеңес Баслығы Франция мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты
832
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Франция мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушез пенен ушырасты.
Ушырасыўда Франция мәмлекети ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы өз-ара бирге ислесиўлер нәтийжесинде бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы менен де бирге ислесиўлер жолға қойылғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы сонғы жыллары республикамызда алып барылып атырған кең көлемли реформалар, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарындағы ҳәм пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Елши Франция мәмлекети Қарақалпақстан Республикасының мәденияты, түризм потенциалы, региондағы экологиялық жағдай менен таныс екенлигин билдирди.
Өткерилген ушырасыўда Франция мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда, социаллық-экономикалық, билимлендириў, мәденият, туризм тараўлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.
Орелия Бушез өз сөзинде Парижде өткерилген «Salty Lives» (“Дузлы өмир”) арт-жойбары презентациясы арқалы дүнья жәмийетшилигиниң итибары және бир мәрте Аралбойына қаратылғаны, сондай-ақ, өткен жылы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға рәсмий сапары даўамында Араб дүньясы институтында ашылған көргизбедеги Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң экспонатлары Франция халқы ҳәм мәмлекет туристлеринде үлкен тәсир қалдырып атырғанын атап өтти.
Соның менен бирге, аймақта бир қатар жөнелислер бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға болған қызығыўшылық артып атырғанлығы да тилге алынды.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар менен кеңнен таныстырып өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли мийманның республикамызға болған сапарынан миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда ҳәр қандай жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын, буның ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилетуғынлығын айтып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети