Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халқымыздың денсаўлығын беккемлеў, саламат турмысты тәмийинлеў ҳәм басқа да бир қатар социаллық тараўларда әмелге асырылып атырған жумысларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Мәжилисте пуқаралардың саламатлығын беккемлеў жолында медицина тараўында заманагөй технологиялардан, телемедицинадан кеңнен пайдаланыў, жеке меншик медицинаны раўажландырыў, тараўда халықаралық жойбарлы тартыў сыяқлы бир қатар мәселелер сөз етилди.
Сонғы жыллары санлы медицинаны раўажландырыў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар ǝмелге асырылмақта. Деген менен, барлық медицина мǝкемелеринде компьютерлестириў жақсы жолға қойылған деп айта алмаймыз. Айырым орынларда жеткерип берилген медициналық ǝсбап-үскенелерден нǝтийжели пайдаланыў жолға қойылмаған. Айырым орынларда халық саны көбейиўи менен жаңа поликлинакаларды қурыў зәрүрлиги пайда болмақта. Ең ашынарлысы, 2023-жылдың 4 айы даўамында 6 жағдайда аналар өлими, ҳәм 168 жағдайда балалар өлими жүз бериўине жол қойылған.
Буннан соң мәжилисте халықты керекли дǝри-дармақлар менен тǝмийинлеў, фармацевтика компанияларының жумыслары, айырым тексерилмеген дәри өнимлери себепли пуқаралардың, әсиресе, балалар саламатлығына үлкен зыян жетип, ҳәттеки аўыр ақыбетлер жүзеге келип атырғанлығы, өнимлердиң баҳалары, соның менен бирге санитария-эпидемиологиялық жағдайлар сыяқлы әҳмийетли бағдарлар қарап шығылды.
Буннан соң дене тәрбия ҳәм спорт тараўы бойынша мәселе көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, спорт түрлери бойынша өткерилген Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында спортшыларымыз тәрепинен сыйлы орынларды жеңип алыў дәрежелери айырым районларда төмен болмақта.
Сондай-ақ, спорт түрлери бойынша өткерилген Қарақалпақстан чемпионаты ҳәм кубок жарысларында айырым районлардың сайланды командаларының толық қатнасыўы жолға қойылмаған. Буннан тысқары, бүгинги күнде имканияты шекленген шахсларды спортқа қамтып алыў бойынша жумыслар талап дǝрежесинде жолға қойылмай атырғанлығы атап өтилди.
Мәжилис даўамында белгиленген ўазыйпалар тийкарында Нөкис қаласында 2 көше ҳәм районларда 1 көшеден таңлап алып, сыртқы реклама қурылмаларын орнатыў ушын инвесторлар табыў тапсырмасы берилгенлиги билдирилди. Бирақ, бүгинги күнде қала ҳәм район ҳәкимлери бул ўазыйпаларға итибарсызлық пенен қарап киятырғаны сынға алынды.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, руўхый-ағартыўшылық жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Бирақ, тараўда алып барылып атырған жумыслар талап дәрежесинде орынланбай атыр.
Жазыўшы-шайырларымыз тәрепинен соңғы жыллары дәўир қаҳарманлары бойынша қунлы шығармалардың жаратылмай атырғанлығы ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлер атап өтилди.
Буннан соң жаслар мәселелери айрықша қарап шығылды.
Бүгинги күнде жаслар жетекшилери тәрепинен 384 киши бизнес субъектлериниң иске түсирилиўинде әмелий жәрдем көрсетилген. Бирақ, айырым районларда бул көрсеткиш пәс дәрежеде болмақта. “Бес баслама олимпиадасы”ның таңлаў ҳәм спорт жарысларының мәҳәлле басқышлары толық өткерилмеген. Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў сыяқлы жумыслардың талап дәрежесинде болмай атырғанлығы мәжилисте атап өтилди.
Өткерилген мәжилис даўамында усы сыяқлы бир қатар әҳмийетли жөнелислер сын көз қараста қарап шығылды. Тараўда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар, алдағы ислениўи керек әҳмийетли жумыслар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети