Улыўма орта билимлендириў мектеплериниң питкериўши жасларына
1075
Қәдирли перзентлерим!
Бәринен бурын, мине, усы қуўанышлы әййямда жетиклик шаҳадатнамасын (аттестатын) қолға алып, еркин өмирге қәдем қойып атырғаныңыз бенен барлығыңызды шын кеўлимнен қутлықлайман.
Сизлер әрман етип күткен 25-май сәнесинде мәмлекетимиздеги 10 мыңнан аслам мектеплерде «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, дерлик 392 мың жасларымыз қәдирдан мектеплери, меҳрийбан устазлары менен хошласпақта. Әсиресе, 12 мыңнан аслам питкериўшилеримиз оқыўды алтын, 2 мыңнан зыяты гүмис медаль менен жуўмақлап атырғаны байрам кейпиятын және де арттырмақта.
Әлбетте, булардың барлығы тек ғана сиз, әзиз перзентлеримиз емес, ал биз – ата-аналар, устаз-тәрбияшылар ушын да оғада қуўанышлы ҳәм толқынландырыўшы ўақыялар болып табылады.
Сизлерди заманагөй билим алып, кәсип өнер үйренип, жәмийетимизде мүнәсип орын ийелеўиңиз ушын жаңаланған Конституциямызда белгиленген шексиз имканиятлар күтпекте.
Сөзсиз, өз билим ҳәм қәбилетин Ўатанымызға мүнәсип перзент болыўдай мақсетлерге жумсаўға бел байлаған сиздей жаслар – Жаңа Өзбекстанның алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси болып есапланады.
Әзиз ул-қызларым!
Бүгинги күнде жанажан Ўатанымыздың раўажланыўында миллий раўажланыў дәўири басланбақта. Әсиресе, билимлендириў системасын раўажландырыўға айрықша итибар берип атырғанымыз сизлерге жақсы белгили. Атап айтқанда, Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы деп аталған 2023-жылы арнаўлы мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етип, тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, муғаллим ҳәм тәрбияшылардың жәмийеттеги орны менен абырай-мәртебесин арттырыў бойынша көплеген илажларды әмелге асырмақтамыз.
Ҳәзирги ўақытта елимизде 10 мыңнан аслам мәмлекетлик улыўма билимлендириў мектеплери, Президент қәнигелестирилген ҳәм дөретиўшилик мектеплери менен бирге көплеген мәмлекетлик емес, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик түриндеги мектеплер жумыс алып бармақта.
Тек ғана өткен жылы 3,2 триллион сум қаржы есабынан 807 мектепте қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Быйыл болса орта билимлендириў дәргайларына 40 мың заманагөй компьютерлер, 442 комплект робототехника үскенелери ҳәм басқа да зәрүр қураллар жеткерип берилди.
«Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплеринде кең көлемли руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылмақта, жасларымыз арасында китапқумарлықты күшейтиў, оларды әдебият, көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерине жедел тартыў бойынша избе-из жумыс алып барылмақта.
Мине, усындай жумысларымыздың нәтийжеси сыпатында елимиз оқыўшылары усы жылы регионаллық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларда 2 алтын, 15 гүмис, 27 бронза медалларын қолға киргизгени, 6 қәбилетли қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болғаны бәршемизди қуўандырады.
Сондай-ақ, оқыўшалырды мектеп дәўиринде-ақ кәсипке ийе болыўы ушын 11-классты турмысқа жоллама бериўши класс беп белгилеп, жасларға кеминде еки шет тилин ҳәм исбилерменлерди тартқан ҳалда бир заманагөй кәсип үйретиў системасы енгизилмекте.
Ҳүрметли питкериўшилер!
Кейинги ўақытта Өзбекстан өнип-өсип киятырған сиздей күш-ғайратлы жасларымыз ушын үлкен имканиятлар мәмлекетине айланып бармақта. Елимиздеги 210 жоқары оқыў орны, 330 кәсип-өнер мектеби, дерлик 400 ге шамалас колледж ҳәм техникумлар сизлерге өзиңиз таңлаған тараўлар бойынша жетик кадр ҳәм тәжирийбели қәниге болыў ушын имканият майданы болып хызмет етеди.
Студентлердиң өндиристен ажыралмаған ҳалда оқып, жоқары мағлыўмат алыўын тәмийинлеў мақсетинде 154 жоқары оқыў орнында сыртқы, 15 жоқары оқыў орнында болса аралықтан тәлим түри жумыс алып бармақта.
Соның менен бирге, дәўир талабынан келип шығып, жасларды заманагөй кәсиплерге үйрететуғын моноорайлар, Ай-Ти ҳәм технопарклердиң қурылыўы олардың өз бизнеслери менен шуғылланыўына хызмет етпекте.
Сизлердиң жәмийетте мүнәсип орныңызды ийелеўиңиз ушын орынлардағы ҳәкимликлер, сектор басшылары, мәҳәлле жәмийетшилиги де жақын жәрдемши ҳәм мәсләҳәтши болады. Бундай ийгиликли мақсет жолында олардың есиклери бәрқулла сизлер ушын ашық.
Сизлер жаратылған бул имканиятлардан пайдаланған ҳалда, келешекте елимиздеги заманагөй өндирис кәрханалары, үлкен-үлкен фирма ҳәм компаниялар, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерде мийнет етип, өз билим ҳәм тәжирийбеңиз менен мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосасыз.
Бүгин мектепти тамамлап шығып атырған жигит-қызларымыздың ҳәр бири ел-халқымыздың меҳири ҳәм итибарында болатуғынын және бир мәрте атап өтпекшимен.
Сиз, әзиз перзентлеримизди келешекте және де үлкен ҳәм жуўапкершиликли шеклер күтпекте. Ҳәр бириңиз турмыста мүнәсип орныңызды табыўыңыз ушын биз буннан кейин де бар күш ҳәм имканиятларды толық иске қосамыз.
Мен сиз, әзиз перзентлеримнен бир нәрсени сорайманҮ тынымсыз оқып, изленип, заманагөй билимлерди ийелеўден ҳасла тоқтамаң: Ҳәмийше ўақыттың қәдирине жетип, турақлы билим ҳәм тәжирийбеңизди арттырып барсаңыз, қатаң белгилеп алған реже ҳәм мақсетлериңизге исенимли ҳәрекет етсеңиз, әлбетте, келешекте үлкен табысларға ерисесиз.
Сизлердиң бәрқулла шекти бәлент алып, бир күш болып ҳәрекет ететуғыныңызға исенемен. Сизлер оны әлбетте орынлай аласыз.
Мине, усындай мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жолда бәршеңизге үлкен жетискенлик ҳәм табыслар, жеке өмириңизде бахыт ҳәм әўмет тилеймен.
Сизлерди мектеп билимлендириўин табыслы тамамлағаныңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.
Еркин турмыстағы қәдемлериңиз қутлы ҳәм берекетли болсын, әзиз ул-қызларым!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти