Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1017
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағындағы қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов видеобайланыс арқалы Әмиўдәрья районынан қатнасты.
Өткерилген мәжилисте қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар сын көз қараста қарап шығылды.
Мәжилисте 2022-жылда Инвестиция бағдарламасына ҳәм Президент сапары протоколына қосымша киргизилген 9 объект қурылыс кәрханаларының кемшиликлерге жол қойыўы себепли усы күнге шекем пайдаланыўға тапсырылмағанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, айырым кәрханаларға суд иси ашылғанлығы билдирилди. Булардан тысқары, “Абат аўыл” бағдарламасына киргизилген Қоңыраттағы 2 объект усы күнге шекем пайдаланыўға тапсырылмаған.
“Бирден-бир буйыртпашы хызмети” инжиниринг компаниясы буйыртпашылығында бүгинги күнде 69 объектиң пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери өтип кеткен, 23 объект пайдаланыӯға тапсырылмаған.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 14-апрелдеги 106-санлы Пәрманы тийкарында 12 қәнигелестирилген мектепте 20 млрд. сумлық қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Бирақ, орынларда әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде шөлкемлестирилмей атыр.
“Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлериниң қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы” буйыртпашылығында жәми 87 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып атырған 12 объекттың пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери өтип кеткен.
“Аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети” МУК, Автомобиль жоллары бас басқармасы, “Худудий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы, “Худудгаз Қарақалпақстан" Газ тәмийнаты филиалы буйыртпашылығындағы жумыслар да талап дәрежесинде емес.
Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февралдағы 52-санлы қарары тийкарында республика бюджетинен қубла районлардағы үй-жайларда қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 112,3 млрд.сум қаржы ажыратылған. Бирақ, район ҳәкимликлериниң немқурайдылығы нәтийжесинде усы күнге шекем қурылыс-оңлаў жумысларының басланбаўына алып келген.
2020-2022-жылларда жәми 1019 пуқаралар субсидия алыў бойынша унамлы жуўмақ алған, соннан, 295 пуқараға, яғный 29 процентине субсидия ажыратылған. Бирақ, қала ҳәм район ҳәкимлери май айында бирде-бир үй-жай пайдаланыўға тапсырмаған.
Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында “Жаңа Өзбекстан” массивлериндеги режелестирилген үй-жайлардың қурылысы талап дәрежесинде емес. Бүгинги күнде үй-жайлар пайдаланыўға тапсырылмаған.
Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылып атырған ҳәм пайдаланыўға тапсырылған объектлерди қадағалаў жумыслары толық алып барылмай атыр.
2021-жылы реновация бағдарламасы тийкарында авария жағдайында жарамсыз болған 1187 квартиралы 106 үй-жайды қайта қурыў белгиленген. Бирақ, бүгинги күнге шекем бул жайларды қайта қурыў жумыслары жуўмақланбаған.
Мәжилис даўамында электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойынша дебитор қарыздарлық артып баратырғаны атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлер ескертилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети