Соңғы жылларда елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға мәҳәллелерде спорт пенен шуғылланыўшы жаслардың санын арттырыўға саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, имканияты шекленген шахсларды параспорт дөгереклерине тартыў илажлары және де жеделлесип, оларға барлық қолайлы шараятлар жаратылып атыр.
Бүгин 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде шөлкемлестирилип атырған параспорт жарыслары Қарақалпақстан Республикасы басқышының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети баслығы орынбасары Отабек Эргашев шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларын қутлықлады ҳәм әўметлер тиледи.
Буннан соң параспорт жарысларына старт берилди.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Қарақалпақстанда имканияты шекленген 200 ден аслам жаслар 14 параспорт түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Олар арасынан пара-спортшыларымыз 2022-жылы Өзбекстан көлеминде өткерилген жарысларда 49 медальды, ал быйылғы жыл басынан берли 24 медальды қолға киргизиўге миясар болды. Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, келеси жылы өткерилетуғын Паралимпия ойынларына 4 спортшымыздың жоллама алыўы күтилмекте.
Бугинги өткерилип атырған жарыс қатнасыўшылары арасында да мине, усындай табысларды қолға киргизетуғын жаслар жетилисип шығары анық.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети