Кердер мәдениятына тийисли тарийхый естеликте халықаралық археологиялық экспедиция өткерилмекте
Кердер мәдениятына тийисли тарийхый естеликте халықаралық археологиялық экспедиция өткерилмекте
1805
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районы аймағындағы Кердер мәдениятына тийисли «Ҳайўанқала» естелик комплексинде усы жылдың 23-май сәнесинен баслап археологиялық қазыў жумыслары әмелге асырылмақта. Россия Федерациясының Қазан федераль университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында дүзилген бирге ислесиў шәртнамасы тийкарында шөлкемлестирилген бул халықаралық археологиялық экспедицияға Россия Федерациясы Татарстан Республикасы Илимлер Академиясы А.Х.Халиков атындағы Археология институтының директоры, тарийх илимлериниң докторы, профессор Айрат Ситдиков басшылығындағы илимпазлар, соның менен бирге, Россия ҳәм Қазақстанның алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан 20 дан аслам қәнигелер, сондай-ақ, институттың Тарийх факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнаспақта.
– Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде археологиялық қазыў жумысларында қатнасқанман. Билесиз, археологлардың жумысы оғада қыйын. Олар бәрқулла үйинен узақта, далада жумыс ислейди. Бундай жағдайда, әлбетте, биринши гезекте, қазыў жумыслары ушын жаратылған шараяттың жоқары болыўы оғада әҳмийетли. Бул жердеги дем алыў, лабораториялық тексериў, студентлер менен сабақ өтиў, аўқатланыў ушын жаратылған шараятларға жоқары баҳа бергим келеди. Усындай мүмкиншиликлер себепли студентлер де, қатнасыўшы илимпазлар да алдына қойған мақсетине ерисиўге қарай еринбей мийнет етпекте, – дейди экспедиция қатнасыўшысы, Әл-Фарабий атындағы Қазақ Миллий университети профессоры Мурат Шалекенов. «Ҳайўанқала» археологиялық естелигинде әмелге асырылып атырған халықаралық экспедициядан гөзленген баслы мақсет археологиялық қазыў нәтийжесинде табылған буйымлар ҳәм мәдений қатламлар бойынша халықаралық илимий пикирди қәлиплестириў, сондай-ақ, илимий жуўмақлар шығарыў бойынша белгиленген жумысларды орынлаўдан ибарат. Институт тәрепинен арнаўлы шатырлар ҳәм қазыў жумысларында пайдаланылатуғын археологиялық әсбап-үскенелер алып келинген.
– Тарийх тәлим бағдарының 1-курс студентимен. Мен көптен берли усындай археологиялық қазыў жумысларында қатнасыўды, тарийхый естеликлер, материалларды өз қолларым менен табыўды әрманлайтуғын едим. Мине, бүгин институтта устазларымыздан алған теориялық билимлеримизди әмелиятта сынап көрип атырмыз. Бул жерде сырт елли илимпазлардың қатнасып атырғаны да мен сыяқлы жаслар ушын үлкен тәжирийбе мектеби ўазыйпасын атқармақта, – дейди археологиялық қазыў жумысларында биринши мәрте қатнасып атырған студент Едиге Алланиязов. Арехологиялық қазыў жумыслары нәтийжесинде усы күнге шекем гүмис теңге, сапалдан исленген тутыныў буйымларының бөлеклери ҳәм басқа да материаллар табылды.
Топланған материаллар тийкарында илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, олардың нәтийжелерин кең жәмийетшиликке, соның ишинде, халықаралық көлемде жәриялаў, институттың Тарийх факультети студентлериниң теориялық билимлерин әмелият барысында беккемлеў, сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў халықаралық илимий-археологиялық экспедиясынан күтилип атырған әмелий нәтийжелер болып есапланады. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Нөкис районы аймағындағы Кердер мәдениятына тийисли «Ҳайўанқала» естелик комплексинде халықаралық археологиялық экспедиция шеңберинде қазыў жумыслары усы жылдың 10-июнь күнине шекем даўам етеди.