Нөкис қаласында Қол урысының R1 жѳнелиси бойынша Профессионал спортшылар арасында Халықаралық турнир жарыслары болып өтти
1272
Бүгин Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда Қол урысының R1 жѳнелиси бойынша Профессионал спортшылар арасында Халықаралық турнир жарыслары болып өтти. Турнирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Буннан соң турнир беллесиўлери старт берилди. Онда Россия, Германия, Беларусь, Әзербайжан, Молдавия, Тәжикстан мәмлекетлеринен професионал спортшылар қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкери Сейтмуратов Нурсултан, Миллий гвардия хызметкерлери Абдиреймов Икрам, Хожабеков Батырбек ҳәм басқа да күнниң орайлық беллесиўлеринде республикамыздың белгили спортшылары қатнасты.
Дәслеп 48 кг салмақта жас спортшылар А.Ахадов (Ферғана) ҳәм Е.Айбеков (Нөкис) арасындағы беллесиўде қарақалпақстанлы Е.Айбековтың қолы бәлент келди. Буннан соң болып өткен, 57 кг (ярым жеңил) салмақта З.Абдурахманов (Әзербайжан) ҳәм И.Абдреимов (Өзбекстан) беллесиўинде И.Абдреимов қарсыласына имканият қалдырмады. 62 кг (жеңил) салмақ категориясында Т.Токарев (Россия) ҳәм Ш.Турсунов (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде россиялы спортшының қолы бәлент келди.
67 кг (ярым орта) салмақта Ник Шанлер (Германия) ҳәм Х.Сатторов (Өзбекстан) беллесиўинде Х.Саттаров жеңимпаз болды. 80 кг (орта) салмақта У.Усмонов (Тәжикстан) ҳәм Н.Ситмуратов (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде Н.Ситмуратов жеңип шықты. 88 кг (ярым аўыр) салмақ категориясында Д.Гвоздев (Беларусь) ҳәм Ж.Рахмоналиев (Өзбекстан) беллесиўинде Ж.Рахмоналиевтиң қолы бәлент келген болса, күнниң ең аўыр 97 кг салмақ категориясы бойынша Чакуста Дмитрий (Молдава) ҳәм Б.Хожабеков (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде Б.Хожабеков қарсыласына имканият қалдырмады.
Кескин беллесиўлер, аяўсыз соққылар астында өткен ушырасыўлар жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды. Жеңимпазлар қутлықланып, оларға пул сыйлықлары менен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети