Тараўлар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ең әҳмийетли мәселе
Тараўлар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ең әҳмийетли мәселе
1129
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев алыс аймақларда өткерилген ушырасыўлар, тараў ўәкиллери менен пикирлесиўлер даўамында көтерилген мәселелер ҳәм басқа да усы бағдардағы орынланыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Бүгинги күнде халқымыздың ҳәр бир қатламының пикир ҳәм усынысларын, мүрәжатларын инабатқа алған халда әмелге асырылып атырған реформалардан халқымыздың разы болыўын тәмийинлеў баслы мақсетлердиң бири болып саналады. Сонлықтан, орынларда бир қатар ушырасыўлар, тараў ўәкиллери менен пикирлесиўлер өткерилди. Бул ушырасыўларда қатар машқалалар көтерилип, пикир-усыныслар билдирилди. Тилекке қарсы, айырым жуўапкерлер тәрепинен бул билдирилген усыныслар итибардан шетте қалдырылмақта.
Атап айтқанда, алыс аймақларда өткерилген ушырасыўларда келип түскен бир қатар мүрәжатлар орынланбаған. Қоңырат районы “Қубла Үстирт” елаты турғынлары менен, Тахтакөпир районы “Қоструба” елаты турғынлары менен өткерилген ушырасыўларда келип түскен айырым мүрәжатлар қанаатландырылмаған.
Быйылғы жылдың басында исбилерменлер менен өткерилген ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың айырымларына тек ғана ҳуқықый түсиник бериў менен шекленген. Оларда коммерциалық банклер менен байланыслы жағдайлар көбирек ушыраспақта.
Усы жылдың апрель айында қала ҳәм районларда пуқаралар жыйынларындағы көше бийлери менен өткерилген ушырасыўларда бир қатар мүрәжат ҳәм усыныслар билдирилди. Бирақ, айырым басшылардың өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы нәтийжесинде бир неше машқалалар шешимин таппаған. Соннан, Нөкис қаласы, Тақыятас, Хожели районларында билдирилген мәселелердиң айырымлары толық қанаатландырылмаған.
Март айында жазыўшы-шайырлар ҳәм журналистлер менен өткерилген ушырасыўда белгиленген ўазыйпалар тараў басшыларының итибарсызлығы ҳәм өз жумысына жуўапкершилик пенен қарамаўы себепли өз мүддетинде орынланыўы кешиктирилмекте.
Илимпаз ҳәм профессор-оқытыўшылар менен өткерилген ушырасыўдағы ўазыйпалардың орынланыўы барысы үйренилгенде жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумыслар нәтийжели жолға қойылмағанлығы анықланған.
“Жаслар дǝптери” фонды қаржылары есабынан 2023-жыл январь-апрель айларында “Жаслар дәптери”не киргизилген 1316 студенттиң шәртнама төлемлериниң 50 процентти төлеп берилген. Бирақ, 1309 студент жастың шәртнама қаржыларын төлеўде әмелий жәрдем көрсетиў илажлары кешиктирилмекте. Буннан тысқары, жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы айырым өткерилиўи тийис илажлардың орынланбаўы жағдайлары ушырасып атырғанлығы да атап өтилди.
Мәжилис даўамында көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетиўши басқарыў сервис компаниялары менен өткерилген ушырасыў бойынша да айырым мәселелер ашық қалып атырғанлығы сынға алынды.
Мәжилис жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен жуўапкерлер ескертилип, мүддет белгиленди ҳәм ўзаыйпаларды қысқа ўақытта орынлаў тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети