Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты ҳәм бир қатар жәрдемлер көрсетилди
727
Президентимиз басшылығында жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, барлық бағдарларда олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атыр. Президентимиз басламасы менен мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилген еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың өткен ушырасыўда билдирген тилек ҳәм усынысларына бола олардың бәнтлигин тәмийинлеў, оқыў ҳәм спорт пенен шуғылланыўына байланыслы керекли затлар тапсырды.
Атап айтқанда, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеўди қәлеўши жасларға тигиў машиналары, сантехника буйымлары сыяқлы әсбап-үскенелер берилди. Спорт пенен шуғылланыўшы бир жасқа профессионал велоспорт велосипеди берилди. Сондай-ақ, және бир неше жас ушын тез арада керекли үскенелер алып берилетуғынлығы атап өтилди. Жәрдемге мүтәж жаслардың бир топары материаллық жақтан қоллап-қуўатланды, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем берилди. Буннан тысқары, және бир топар жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, жәрдем берилиўи белгилеп алынды. Денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем сораған жасларға жәрдем көрсетиў илажлары көрилмекте.
Соның менен бирге, өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың машқалалары тыңланды. Сондай-ақ, алдынғы ушырасыўда билдирилген усыныслар тийкарында әмелий жумыслар, көрсетилген жәрдемлер бойынша пикирлесилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы билдирилген усыныслар шеңберинде оларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берди.
Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети