Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.
Онда жасларға қаратылып атырған үлкен итибардың мәмлекетлик сиясат дәрежесинде алып барылып атырғаны, билимлендириў, спорт, инновация, исбилерменлик сыяқлы қатар жөнелислерде жаслардың ерисип атырған жетискенликлери ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Сондай-ақ, көп миллетли елимиздиң тынышлығын сақлаў, аўызбиршилик ҳәм татыўлықты бекемлеў, Ўатанымыздың гүллеп-раўажланыўы жолында биргеликте ат салысыў бойынша атап өтилди.
Елимизде соңғы жыллары жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар, студент-жаслардың төлемли-контракт пулларын, жигитлердиң мобилизациялық шақырыў қәрежетлерин төлеп бериў, жәрдемге мүтәж жасларға материаллық жәрдем бериў, үй-жай сатып алыўы ушын субсидия ажыратыў, исбилерменлигин жолға қойыўы ушын жеңиллетилген кредит пенен тәмийинлениўи сыяқлы және бир қатар мүмкиншиликлерди даўам еттирсек болады.
Бундай имканиятлардан пайдаланып, өмирде өзиниң орнына ийе болған, теңлеслерине үлги тутқандай жаслар районда көпшиликти қурайды.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай жаслар ушын жаратылған көплеген шараятлар кең түрде атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында бир қатар белсенди жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети