Бүгинги жаслар - ертеңги келешегимиз
1405
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев күнниң екинши ярымында Кегейли ҳәм Бозатаў районы көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслары менен ушырасты.
Онда елимиздиң жаслары оларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар себеп жоқары нәтийжелерге ерисип атырғанлығы, тек ғана республика көлеминде емес, халықаралық дәрежедеги таңлаўлар, жарыслар, спорт ойынларында өзлерин көрсетип атырған жаслардың қатары артып баратырғанлығы ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Соның менен бирге бийбаҳа байлық есапланған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, аўызбиршиликти еле де беккемлеў ҳәм усы тийкарда елимиздиң буннан-былайда гүллеп-раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў керек екенлиги бойынша сөз етилди.
Айтып өтиў керек, Қарақалпақстан көп миллетли аймақ есапланады. Бул диярда көплеген миллет ўәкиллери әзелден бир-бири менен қоңсы, аўыллас, ағайин болып жасап келген. Олар өз-ара қуда-тамыр, жақын туўысқан болып, бир атаның перзентлериндей болып кеткен.
Буннан тысқары, жасларға болған итибар, оларға көрсетилип атырған ғамхорлық, жаратылып берилип атырған имканиятлар бойынша әмелий жумыслар еле де даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.
Ушырасыў соңында бир қатар белсенди жасларға «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети