Депутат сайлаўшылары арасында
2219
Мәмлекетимиз басшысы Парламентке жоллаған Мүрәжатында “Ҳәр бир депутат өз аймағында жасап атырған халықтың машқалаларын шешиўде белсене қатнасыўы, адамлардың дәрт-тәшўишлерин тыңлаўы керек. Сонда депутатлар өз сайлаўшыларына берген сөзлериниң үстинен шығады, халықтың исенимин ақлайды, меҳрине ериседи” деп атап өткен еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары өз сайлаўшыларының исенимин ақлаўға кирисип, өзлери сайланған аймақ турғынлары менен ушырасыўлар өткермекте.
5-санлы “Қоскөл” сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған депутат Ахмед Реймов өзи сайланған аймақ халқы, яғный, пайтахтымыздағы “Қоскөл” ҳәм “Жаңабазар” мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыўлар өткерип, олардың мүрәжатларын тыңлады.
Ушырасыўда пуқаралар тәрепинен бир қатар машқалалары тыңланып, оларды шешиў мақсетинде тийисли шөлкемлер менен үйренип шығып, жуўапкер шөлкемлерге депутатлық сораўнамалар жибериўге келисип алынды.

