Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районы жаслары менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районы жаслары менен ушырасты
588
Әмиўдәрья районы халқы әзелден исбилермен, мийнеткеш, ақкөкирек ҳәм кеңпейил халық есапланады. Район жаслары да республикада белгили, белсенди болып, бир-биринен талантлылығы менен ажыралып турады.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев районның көше сәрдарлары, белсенди жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда жасларға мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған ғамқорлықлар ҳаққында сөз етилди. Соның менен бирге усындай кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, теңлеслери арасында көпшиликке үлги болып киятырған жаслар районда көпшиликти қурап атырғанлығы айтып өтилди.
Өткерилген ушырасыўда усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жетискенликлерге ерисиўде аўызбиршилик, тынышлықты сақлаўдың тутқан орнының да айрықша екенлиги тилге алынды.
Айтып өтиў керек, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, аўызбиршиликтиң жоқары үлгисин, мийнетсүйгишликти көрсетиўде район жаслары белсендилиги менен көпшиликке үлги бола алады.
Өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жасларға ушырасыў соңында «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети