Республикамыздың қубла районларының көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслары менен ушырасыў өткерилди
Республикамыздың қубла районларының көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслары менен ушырасыў өткерилди
821
Кеңпейиллик, мийнетсүйгишлик, аўызбиршилик ҳәм татыўлық, бул пазыйлетлер республикамыздың қубла районлары есапланған Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районы халқының минезине тән жақсы қәсийетлерден есапланады. Жаслары да бир-биринен талантлы, қәбилетли, умтылыўшаң ҳәм мийнеткеш есапланады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин республикамыздың қубла районларындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.
Ушырасыўда оларға мәмлекетимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, қаратылып атырған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар, бир қатар бағдарларда берилип атырған жеңилликлер ҳаққында айтып өтилди.
Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районы жаслары арасынан бир қатар жөнелислерде жетискенликлерге ерискен жас талант ийелери, илим-билимге қуштар зийреклер, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта. Ең баслысы, олар мәмлекетимизде жаратып берилген имканиятлардан кең түрде пайдаланып атыр.
Өткерилген ушырасыўда жаслар менен ашық-айдын, жақыннан пикирлесилип, аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеў, тынышлығымыздың қәдирине жетиў кереклиги айрықша тилге алынды.
Өз нәўбетинде, жаслар тәрепинен де бир қатар пикир-усыныслар билдирилди ҳәм сол орынның өзинде қадағалаўға алынды.
Соның менен бирге өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети