Мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди
Мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди
603
Соңғы жыллары ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлықлар нəтийжесинде елимизде олар ушын барлық шараятлар, көплеген имканиятлар жаратылып берилмекте. Бул мүмкиншиликлер негизинде шаңарақ уйытқысы болған ҳаяллардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў баслы мақсет етип алынған.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Онда бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий реформаларда ҳаял-қызлардың тутқан орнының артып баратырғаны, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында бар мүмкиншиликлер жаратылып атырғаны айрықша тилге алынды.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде усындай имканиятлардан кеңнен пайдаланып атырған ҳаял-қызларымыз көпшиликти қурайды. Быйылғы жылдың январь-май айларының өзинде 4418 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды, 4814 ҳаял-қызға 43 млрд. 331 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, 272 ҳаял-қызға 1 млрд. 347 млн сумлық субсидиялар берилди.
Буннан тысқары, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 13 мың 132 ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын 170 млрд. 735 млн сум муғдарында қаржылар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, 169 ҳаял-қыз өнерментшиликке қамтып алынды. Ең әҳмийетлиси, қала ҳәм районлардағы жәрдемге мүтәж 70 ҳаял-қыз турақ-жай менен тәмийинленди ҳәм 268 ҳаял-қыздың турақ-жайларын оңлаўға әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Буннан тысқары, пуқараларымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың турмысында ушырасып атырған, күнделикли өмиринде қыйыншылықлар туўдырып келген машқалаларды шешиў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Исбилерменликти раўажландырыў бойынша тарийхый 213-санлы Пәрман, мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша инфраструктураны жақсылаў бағдарында 408-санлы қарар, жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў бойынша 52-санлы қарар, буннан тысқары және бир неше нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Усы тийкарда ҳаял-қызларымыз дусласып атырған қатар мәселелер өз шешимин таўып атыр.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратылған имканиятлар, соның менен бирге, тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилди.
Мәжилис ашық-айдын түрде жақыннан пикирлесиў түринде даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети