Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди
842
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги байрам мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәлимлеме ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараў пидайыларын мүнәсип хошаметлеў, халыққа қалыс ҳәм исенимли мәлимлемелерди жеткериў, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, турмысында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды, әсиресе «Инсан қәдири ушын» идеясы астында исленип атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў, халқымыздың турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйрениў, оларға унамлы шешим табыў жолында тараў хызметкерлери тәрепинен алып барылып атырған дөретиўшилик мийнет жоқары баҳаланады.
Атап өтиў керек, журналист ҳəм блогерлердиң пикир-усыныслары тийкарында быйылғы жылдың өзинде 661 млн. сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан радиосына радио толқынларын узатыў антенналары сатып алынбақта. Бүгинниң өзинде 2 млрд 339 млн. сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан телевидениесиниң материаллық-техникалық базасын жəне де беккемлеў ушын қосымша имканият жаратылмақта. 757 млн. сумнан аслам қаржы ажыратылып, “Баспасөз үйи” имаратында “Медиа-орай” шөлкемлестирилмекте.
Буннан тысқары, жыл басынан берли Мəмлекетлик уйымларға республикалық газета-журналларға жазылыўды шөлкемлестириў мақсетлери ушын 2 млрд 119 млн.сум қаржы ажыратылды. Тараў пидайыларының мийнетлери менен 12-июньнен баслап санлы телеузатқыш арқалы Тахтакөпир, Қараөзек ҳəм Шымбай районлары халқы жергиликли мəмлекетлик емес телеканалларды, яғный, “Әмиўдəрья ТВ”, “Жаслар ТВ” ҳəм “Елликқала ТВ” телеканалларын тест режиминде көриў имканиятына ийе болмақта. Сондай-ақ, “Нөкис ФМ” радио-эфири көлемин кеңейтиў мақсетинде Тахтакөпир радио-телевизион станциясына 500 ватлы радиоузатқыш ҳəм антенна қурылмалары орнатылды. Ең əҳмийетлиси, дөретиўши инсанлар менен биргеликте бундай жумыслар еле даўам етпекте.
Дөретиўшилердиң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўының бир топар ветеранларына «Ардақлы нураний», тараў хызметкерлерине «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери, өзлериниң юбилей сәнелерин белгилеп атырған газета-журналлар редакцияларына, телеведение ҳәм радио жәмәәтлерине компьютерлер, бир топар тараў хызметкерлерине ҳәм блогерлерге Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Өткерилген байрам салтанаты мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети