Мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди
Мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди
507
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Онда бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий реформаларда ҳаял-қызлардың тутқан орнының артып баратырғаны, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында бар мүмкиншиликлер жаратылып атырғаны айрықша тилге алынды.
Атап өтиў керек, соңғы жыллары ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлықлар нəтийжесинде елимизде олар ушын барлық шараятлар, көплеген имканиятлар жаратылып берилмекте. Бул мүмкиншиликлер негизинде шаңарақ уйытқысы болған ҳаяллардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў баслы мақсет етип алынған.
Буннан тысқары, пуқараларымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларды шешиў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Исбилерменликти раўажландырыў бойынша тарийхый 213-санлы Пәрман, мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша инфраструктураны жақсылаў бағдарында 408-санлы қарар, жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў бойынша 52-санлы қарар, буннан тысқары және бир неше нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Усы тийкарда ҳаял-қызларымыз дусласып атырған қатар мәселелер өз шешимин таўып атыр.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратылған имканиятлар, соның менен бирге, тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети