Нөкис районыныӊ белсенди ҳаяллары менен жақыннан пикир алмасылды
Нөкис районыныӊ белсенди ҳаяллары менен жақыннан пикир алмасылды
594
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районыныӊ белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызлардыӊ бүгинги күнде жәмийетимизде тутқан ролин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар тийкарында олар ҳәр бир тараўда өзлериниӊ белсендилигин, мийнетсүйгиш ҳәм өз жумысына жуўапкершилик, пидайылық пенен қарайтуғынлығын көрсетип атыр.
Айтып өтиў керек, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында көплеген әмелий жумыслар турмыста өз сәўлесин таўып атыр.
Атап өтетуғын болсақ, 2022-жыл 31-августтағы Президентимиздиң 213-санлы тарийхый Пәрманы қабыл етилди. Усы Пәрман тийкарында жаратылған имканиятлар нәтийжесинде мәҳәллелерде мийирбийкелик қәнигелиги бойынша оқыўды тамамлаған ҳәмде ҳәзирги ўақытта жумыссыз болған ҳаял-қызлардың қәнигелигин арттырыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленди, жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары ажыратылатуғын болды, исбилерменлер ушын салық жеңилликлери, тек қарақалпақстанлы жаслар ушын Ташкент қаласындағы ҳәм барлық ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларына қосымша квоталар ажыратылыўы сыяқлы бир қатар жеңилликлер берилди.
Жаратып берилген имканиятларды және бир неше қарарлар тийкарында даўам еттирсек болады. Еӊ баслысы, усы пәрман ҳәм қарарлар негизинде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилмекте.
Мәжилисте усы сыяқлы қатар жеӊилликлер атап өтилип, бүгинги күнде елимиздиӊ раўажланыўы жолында бийбаҳа байлығымыз есапланған тынышлығымызды сақлаў, аўызбиршилигимизди беккемлеў, дослық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў керек екенлиги айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети