Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районындағы белсенди ҳаяллар менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районындағы белсенди ҳаяллар менен ушырасты
538
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы белсенди ҳаяллар менен ушырасты.
Онда мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлық нəтийжесинде елимизде ҳаял-қызлар ушын жаратылған қолайлықлар ҳәм де имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында быйылғы жылдың өзинде 55 мыңнан аслам ҳаял-қызлар “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген болып, бүгинги күнге келип 38 мың 538 ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық машқалалары өз шешимин тапты.
Тиккелей, Жоқарғы Кеңестиң басламасы менен социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, соның менен бирге ҳаял-қызларға быйылғы жылы 10,3 млрд сумлық жәрдемлер көрсетилди.
Өткерилген ушырасыўда ҳаял-қызлар ушын жаратылған көплеген имканиятлар, усындай бир қатар мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Соның менен бирге, бүгингидей тыныш-татыў турмысымызда аўызбиршилигимиздиң қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, өз-ара дослықты тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети