Беруний районы мәҳәллелериндеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди
Беруний районы мәҳәллелериндеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди
526
Соңғы жыллары ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлықлар нəтийжесинде барлық салаларда олардың орны гиреўли болып бармақта. Бул мүмкиншиликлер негизинде шаңарақ уйытқысы болған ҳаяллардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў баслы мақсет етип алынған.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Онда бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий реформаларда ҳаял-қызлардың тутқан орнының артып баратырғаны, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында бар мүмкиншиликлер жаратылып атырғаны айрықша тилге алынды.
Айтып өтиў орынлы, усындай имканиятлардан кеңнен пайдаланып атырған ҳаял-қызларымыз көпшиликти қурайды. Быйылғы жылдың январь-май айларының өзинде 4418 ҳаял-қызлар кәсип-өнерге оқытылды, 4814 ҳаял-қызға 43 млрд. 331 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, 272 ҳаял-қызға 1 млрд. 347 млн сумлық субсидиялар берилди.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратылған имканиятлар жөнинде атап өтилди.
Соның менен бирге бүгинги тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети