Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда болып, мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен ушырасыўлар өткермекте.Усындай гезектеги ушырасыў Төрткүл районында болып өтти.
Ушырасыўда елимизде ҳаял-қызлар ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, режелестирилген ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Атап айтқанда, илим-пән, исбилерменлик, медицина, аўыл хожалығы ҳәм басқа да бир қатар тараўларда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында көплеген әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Билимлендириў тараўының өзинде 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрман тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 2022-2023-оқыў жылында магистратура басқышында оқып атырған 2 300 ден аслам студент ҳаял-қызлардың шәртнама төлемлери төлеп берилди, 1 951 жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында оқып атырған ҳаял-қызларға тәлим шәртнамалары ушын 7 жыл мүддетке процентсиз кредит ажыратылды, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ ўәкиллери, жетим яки ата-анасынан айырылған 150 студент ҳаял-қызлардың шәртнама пуллары төлеп берилди. Буннан тысқары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усынысы тийкарында 112 ҳаял-қыз жеңиллетилген грант ҳәмде 5 жыллық стажға ийе 35 ҳаял-қыз төлемли шәртнама тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыл етилди.
Усы сыяқлы, және бир қатар жеңилликлер ҳаял-қызлар ушын жаратып берилген. Бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, көплеген ҳаял-қызлар өзиниң бәнтилигин тәмийинлеп, исбилерменлигин жолға қойып, билим ҳәм көнликпелерин арттырып атыр. Ушырасыўда усы имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Соның менен бирге,ушырасыў даўамында жәмийетимизде аўызбиршиликти сақлаў, татыўлықты беккемлеў, миллетлер аралық дослықты тәмийинлеў мәселелери де айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети