Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты
716
Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты
Ушырасыўда бүгинги күнде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилген Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында халқымыз, соның ишинде ҳаял-қызларға жаратылған көплеген имканиятлар, олардың жәмийиетимиздеги ролин арттырыў бойынша жумыслар ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, шаңарақлардағы аўызбиршиликти сақлаў, мәҳәллелерде татыўлықты тәмийинлеў, жәмийиетимизде инсанийлық, меҳир-мүриўбет, бир-бирине ғамхорлық көрсетиў, миллетлер аралық дослықты сақлаўда ҳаял-қызлардың тутқан орнының айрықша екенлиги атап өтилди.
Айтып өтиў керек, сонғы жыллары ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийиетимизде белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар әмелге асырылмақта. "Ҳаяллар дәптери", "Темир дәптер", "Жаслар дәптери" тийкарында оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлер көрсетилип атыр. Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын шараят жаратыў, социаллық жағдайын жақсылаў, кәсип-өнерге бағдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар даўам еттирилмекте.
Ушырасыў даўамында усы сыяқлы бир қатар имканиятлар, жаратып берилген шараятлар ҳәм усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийетлилиги айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети