Елликқала районындағы "Ақшакөл" бойында жаңа туристлик орын пайдаланыўға тапсырылды
Елликқала районындағы "Ақшакөл" бойында жаңа туристлик орын пайдаланыўға тапсырылды
896
Бүгинги күнде елимиздиң экономикасының раўажланыўында туризмниң тутқан орны айрықша. Соңғы жыллары бул тараўды раўажландырыўға, жергиликли ҳәм халық аралық туристлердиң санын көбейтиўге үлкен итибар қаратылмақта. Бүгин Елликқала районындағы "Ақшакөл" бойында жаңа "Туристлик орын"ның ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымыздың ийгилиги жолында пайдаланыўға тапсырылып атырған жаңа туристлик объектиң ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады.
Елликқала районындағы "Ақшакөл" бойында жаңа туристлик орын пайдаланыўға тапсырылды Бүгинги күнде елимиздиң экономикасының раўажланыўында туризмниң тутқан орны айрықша. Соңғы жыллары бул тараўды раўажландырыўға, жергиликли ҳәм халық аралық туристлердиң санын көбейтиўге үлкен итибар қаратылмақта. Бүгин Елликқала районындағы "Ақшакөл" бойында жаңа "Туристлик орын"ның ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымыздың ийгилиги жолында пайдаланыўға тапсырылып атырған жаңа туристлик объектиң ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады. Айтып өтиў орынлы, бул туристлик орында жергиликли ҳәм сырт елли туристлердиң келип, мазмунлы дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, бул орында 774 орынлық Амфитеатр, пляж футболы ҳәм пляж волейболы майданшалары, аўқатланыў ҳәм саўда орынлары, “Варкоут” ҳәм балалар ушын ойын майданшалары жайласқан. Бул туристлик орынның қурылыс жумыслары ушын жергиликли бюджет есабынан 10 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурып питкерилген.
Өткерилген ашылыў салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Соның менен бирге ашылыў салтанатында жақында Азия чемпионатында спорт түрлери бойынша жеңимпаз болған бир неше спортшыларды сыйлықлаў мәресимиде болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети