Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар еле де даўам еттириледи
Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар еле де даўам еттириледи
512
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды материаллық, руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызлардың жәмийет турмысында әҳмийетли өзгерислер ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўларда үлеси салмақлы болмақта.
Олардың машқалаларына шешим табыў бағдарында ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша жаңа система жаратылды ҳәмде ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендилери өз жумысларын баслады. Мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң усыныслары тийкарында бүгинги күнде 41 түрдеги жәрдемлер көрсетилиў әмелиятқа енгизилген.
Булардың барлығы шаңарағымыздың уйытқысы, үйимиздиң пайызы, жәмийетимиздиң гүлтажы есапланған ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығы жолында әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, жәмийетимиздеги турақлылықты тәмийинлеў бойынша халқымызға тән кеңпейиллилик пенен миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, дослық ҳәм татыўлықты еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.
Өз орнында район белсенди ҳаяллары елимизде алып барылып атырған әдил сиясаттан миннетдар екенликлерин билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети