Ҳаял-қызларға жаратылған имканиятлар кеӊ түрде атап өтилди
Ҳаял-қызларға жаратылған имканиятлар кеӊ түрде атап өтилди
825
Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға бар мүмкиншиликлерди жаратып бериў бойынша бир қатар әмелий жумыслар әмелге асырылып атырған болып, бул бағдарда көплеген ҳаял-қызлар өзлерине жаратып берилген шараятлардан нәтийжели пайдаланып атыр.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Онда елимизде ҳаял-қызлар ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, режелестирилген ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Айтып өтиў керек, ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жәрдемлер берилмекте. Бир ғана быйылғы жылдыӊ өзинде 195 мыӊ 325 ҳаял-қызлар онколиялық скринингтен, 5 448 нураный аналарымыз тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди, бир қатар нураный аналарымыз зәрүр дәри-дәрмақ, азық-аўқат, кийим-кеншеклер менен тәмийинленди. Буннан тысқары, нураный аналарымыздың санаторияларда саўалландырылды, майыплығы бар болған ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер реабилитация үскенелери менен тәмийинленди.
Булардан тысқары, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳаял-қызлардың, жас өспиримлердиң операция ҳәм емлениўи ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик мақсетли фонды тәрепинен зәрүр қаржылар ажыратылды.
Әлбетте, булардың барлығы ҳаял-қызларға қаратылып атырған айрықша итибардың әмелий көриниси болып табылады.
Ушырасыўда усы сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер әтирапында сөз барды. Соның менен бирге, ушырасыў даўамында жәмийетимизде аўызбиршиликти сақлаў, татыўлықты беккемлеў, миллетлер аралық дослықты тәмийинлеў мәселелери де айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети