Жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды
Жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды
733
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм республикамыз жасларын қутлықлады.
Жоқары дәрежеде өткерилген байрам илажында өзлериниң таланты, уқыбы менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жаслар «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған бурын болмаған үлкен имканиятлар ҳәм итибардан ҳәр бир жастың нәтийжели пайдаланып, елимиздиң гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қосатуғынлығын айрықша атап өтти.
«30-июнь – Жаслар күни» шын мәнисинде жаслардың ең сүйип күтетуғын байрамына айланған. Быйылғы жылда «Июнь айы – жаслар айлығы» сыпатында белгиленип, спорт жарыслары, байрам илажлары, кеўил ашар ҳәм заўықлы кешелер өткерилди. Ең баслысы, жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды.
Бүгинги өткерилген байрам илажы мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, эстрадамыздың белгили ўәкиллери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети