Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри ҳәм оның орынбасарлары тайынланды
5319
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде мәжилис өткерилип, усы министрликке тайынлаўлар әмелге асырылды.
Турманов Сағындық Турганбаевич Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри етип тайынланди. Ол бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымында жумыс алып барады.
С.Турманов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы, Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы лаўазымларында ислеген.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары лаўазымына Марям Аҳмедова, орынбасарлары лаўазымына Шарап Уснатдинов ҳәм Өмирбай Турдыбаевлар тайынланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баспасөз хызмети