Тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыўдан ибарат
Тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыўдан ибарат
442
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған системалы машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен гезектеги ушырасыўын өткерди.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, Президентимиз басшылығында республикамыз ушын қаратылып атырған үлкен итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде өткерилип атырған ушырасыўлар да халқымыздың турмысындағы шешимин таппаған системалы машқалаларды шешиўге қаратылған.
Бүгинги ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен Қоңырат районындағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип шараят жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети