Көше бийлериниң усынысы тийкарында пуқаралардың тәшўишине шешим табылмақта
485
Көше бийлери бул әзелден халқымыз арасында абырайға ийе, кәдқудашылығы менен көпшиликке сөзи өтимли адамлар болған. Ҳақыйқатында бул инсанлар тиккелей пуқаралардың қәлеўи ҳәм олар арасындағы ҳүрметке ийе екенлиги себепли бул атқа ийе болып келген. Ең тийкарғысы, көше бийлери тиккелей пуқаралар менен бирге жасап, олардың дәрти ҳәм тәшўиши, турмыслық машқалаларын теңдей көрип, жақыннан сезинген инсанлар есапланады. Сонлықтан да, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен олар менен жақыннан пикирлесилип, машқалаларды шешиў ушын режелерди белгилеп алыў жолға қойылды.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар ийгиликли жумысларды әмелге асырыў бойынша сәўбетлесилди. Соның менен бирге, көше бийлери, мәҳәлле белсендилери менен ашық-айдын пикир алысылды.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар, пуқаралардың бүгинги турмысынан разылығы ҳаққында атап өтилип, ҳәзирги ўақытта шешимин күтип турған еле де бир қатар мәселелер бар екенлиги тилге алынды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселелерди алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар қатарына киргизип, шешимин табыў бағдарында әмелий илажлар көриў бойынша өз қадағалаўына алатуғынлығын билдирди.
Ушырасыў соңында узақ жыллық мийнет жолы даўамында жемисли мийнет еткен бир қатар жасы үлкенлерге «Ардақлы нураный» көкирек белгиси тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети