Жоқарғы Кеңес Баслығы Тахтакѳпир районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
420
Әзелден халқымыз турмысында гиреўли орны, кәтқудалығы, салмақлы сѳзи менен аўызбиршиликти тәмийинлеў бағдарында кѳше бийлери жәмийетимизде турақлылықты тәмийинлеп келмекте.
Көше бийлери менен жақыннан пикирлесиў бойынша бүгин гезектеги ушырасыў Тахтакѳпир районында болып ѳтти.
Онда көше бийлери елимизде алып барылып атырған жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын миннетдаршылығын билдирди. Соның менен бирге, алдынғы ушырасыўларда көтерилген мәселелер басқышпа-басқыш шешимин таўып атырғанлығы атап өтилди.
Бүгинги ушырасыўда да бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша көше бийлери тәрепинен усыныслар айтылды.
Өз нәўбетинде, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир мәселе әлбетте, өз шешимин табатуғынлығын айрықша тилге алды.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық жемисли мийнетлери ушын бир қатар жасы үлкенлер "Ардақлы нураный" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети