Қараөзек районындағы көше бийлери менен ушырасыў болып өтти
504
Халқымыз бенен бирге жасап, олардың дәрти ҳәм тәшўишин жақыннан сезинетуғын көше бийлери менен пикирлесиў мәҳәллелердеги пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды анықлаўда әҳмийетли есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынлардағы системалы машқалаларды анықлаў бойынша үшинши мәрте Қараөзек районындағы көше бийлери менен ушырасты. Атап өтиў керек, алдынғы ушырасыўларда көтерилген мәселелердиң көпшилиги шешимин таўып, машқалалар басқышпа-басқыш сапластырылмақта.
Бүгинги өткерилген ушырасыў да ашық-айдын сөйлесиў усылында болып, көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди.
Өткерилген ушырасыўда көше бийлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер ҳәм усыныслар көтерилип, олардың барлығының шешимин табыў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети