Шымбай районы көше бийлери бир қатар әҳмийетли мәселелерди көтерди
662
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде Шымбай районының көше бийлери менен ушырасты.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Шымбай районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар, көше бийлери тәрепинен алдынғы ушырасыўларда көтерилген мәселелердиң көпшилиги шешимин таўып атырғанлығы бойынша да атап өтилди.
Сондай-ақ, бул ийгиликли басламаларды еле де даўам еттириў, халық арасындағы шешимин күтип турған, ең зәрүрли, биринши дәрежели машқалаларды шешиў ушын оларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиўлер еле де даўам еттирилетуғынлығы айрықша тилге алынды.
Соның менен бирге миллетлер аралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм тынышлықты сақлаў жөнинде жаслар тәрбиясына қатаң итибар қаратыў кереклиги бийлер тәрепинен атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық жемисли мийнетлери ушын бир қатар жасы үлкенлер "Ардақлы нураный" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети