Мәҳәллелердеги еле шешимин күтип турған машқалалар белгилеп алынды
549
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың көше бийлери менен мәҳәллелердеги еле де шешимин күтип турған машқалаларды белгилеп алыў бағдарындағы ушырасыўлары даўам етпекте. Гезектеги усындай ушырасыў Хожели районында болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў зәрүр екенлиги ҳәм халқымызға мүнәсип шараят жаратыў бағдарындағы ийгиликли басламалар бойынша кең түрде атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген 213-санлы пәрман, 408-санлы, 52-санлы қарарлар бойынша пуқараларымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мақсетинде бир қатар салмақлы жумыслар әмелге асырылып атыр. Сондай-ақ, Қарақалпақстан ушын жақында 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылды. Бул қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, ажыратылған қаржыларда көше бийлериниң билдирген усыныслары ҳәм көтерген машқалаларының шешими де орын алған.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Хожели районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар бойынша атап өтилип, бул ийгиликли басламаларды еле де даўам еттириў, халық арасындағы шешимин күтип турған, ең зәрүрли, биринши дәрежели машқалаларды шешиў ушын оларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесилди.
Буннан соң, узақ жыллық мийнет жолы даўамында жемисли хызмет еткен бир қатар жасы үлкенлерге «Ардақлы нураный» көкирек белгиси тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети