Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасты
490
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасты.
Бүгин Әмиўдәрья районында болып өткен ушырасыўда ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен райондағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық жемисли мийнетлери ушын бир қатар жасы үлкенлер "Ардақлы нураный" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети